KarTours Қарақалпақстандағы көрнекли орынлар маршруты платформасы

«ШЫЛПЫҚ» ЕСТЕЛИГИ
Республикамыз аймағында әййемги дәўирлерге тийисли тарийхый, мәдений естеликлер, қалалар оғада көп. Усы естеликлердиң бири Әмиўдәрьяның оң жағалаўында, республикамыздың пайтахты Нөкис қаласынан елиў километрге шамалас аралықта жайласқан муқаддес орын - Шылпық естелиги. Бул мәдений мийрас Авесто дәўиринен, буннан 2700 жыл бурын жасап өткен динге сыйыныўшылардың орны болғанлығы айтылады.

Шылпық естелигине бириншилерден болып С.П.Толстов тәрепинен изертлеў жумыслары жүргизилип, бул қурылма конус тәризли төбешик болып, оның бәлентлиги 35-40 метрге шамалас Шылпық қурылмасы бизиң эрамыздың басларында қурылған даҳма болыўы мүмкин деген пикирлер бар. Бул қурылманың төбесинде жасаўға бейимлеп исленбегенлигин атап көрсетеди. Естеликтиң жоқарғы майданындағы тасларында сақланған жазыўлар менен сүўретлердиң елеспесиз болып қалған излери жүдә ерте дәўирге тийисли екенлигинен дерек береди. Ал, археолог-илимпаз Ю.П.Манилов өзиниң изертлеў жумысларының жуўмағынан келип шығып, Шылпық қурылмасының толық жабық шеңбер емеслигин, ол сәл қыялаў болып, оның шығыстан батысқа қараған тәрепи 79 метр, ал арқа менен қубла тәрепи 65 метрди қурайды деп көрсеткен. Төбешиктиң басына шеңбер тәризли салынған пақса дийўалдың бийиклиги 15 метр, усы пақса дийўалдың төменги ени 5,5 метр қалыңлықта болып, дийўалдың жоқары бөлегиниң ени 2-3 метр қалыңлықта ылай пақсадан өрилгенлигин ҳәм бул қурылма батыс тәрептен көтерилетуғын гербиштен өрилген 75 текше арқалы киретуғын жолы болғанын айтып өтеди. Усының менен қатар Ю.П.Манилов өлилерди жерлейтуғын орын болмағанын тастыйықлап, ол тек отырықшы халықлардың мәдений сыйынатуғын орны болғанын анықлайды.

Шылпыққа байланыслы ҳәр қыйлы рәўиятлар, әпсаналар көп. Олардың айырымларын алым А.Вамбери жазып алған. Бул рәўиятта бир патшаның қолына бенде болып түскен батыр жигитке патшаның қызы ашық болып, сол жигит пенен сарайдан қашып шығып, Шылпық қорғанына жасырынған. Олар керекли азық-аўқат, ишимлик суў алыў ушын Шылпық-Әмиўдәрья аралығына исленген жер асты жолы арқалы қатнасық етип турған. Усындай муҳаббаттың гүўасы болған Шылпық естелиги кейинги ўақытлары халық зыяратлайтуғын орынға айланып кеткенлигин дәлиллейди. Бундай пикирди 1902-жылы Россиядан келген алым Е.Россикова да тастыйықлайды.

Шылпық төбешиги тәбияты гөззал таў етегинде, қалың тоғайзарлықлар менен қоршалған Әмиўдәрья жағасына жақын жайласқан, Уллы Жипек жолы дәрбентинде қурылған, шар тәрепти узақтан көрип бақлап турыўшы хызметин атқарыўшы қорған төбешикке уқсайды.

Шылпық естелиги жер астындағы жасырын қурылма болып, усы аймақ халқының жаўгершилик ўақытлары, ўақытша душпаннан қорғаныў, сақланыў хызметин атқаратуғын орын болғанға уқсатаман. Және бир исенимли факт Шылпық естелигиниң төбесиндеги майдан қара үйдиң шаңарағы формасына уқсатып қурылған. Шаңарақтың атқаратуғын хызмети үйдиң ишине керек ўақытлары жарық бериўши айна ҳәм үйдиң ишиндеги ҳаўаны тазалаўшы ямаса ҳәзирги заман тили менен айтқанда, жайдың ишиндеги ҳаўаны сорыўшы вентиляция хызметин атқарады. Шылпықтың төбесиндеги бурынғы үңгир ойықлар, тесиклер, үңгир ишиндеги ҳаўаның тазалығын сақлап турыў ушын ислетилгени сол дәўирдеги шебер устаның билимдан екенлигинен дерек береди.

Естеликтиң Уллы Жипек жолы бойына қурылғанлығының тийкарғы себеби, сол ерте заманда арқа менен шығысты байланыстырыўшы қатнас тек саўда кәрўанлары жүретуғын Жипек жолының хызмети уллы болып, барлық жол қатнасықлары усы жерден өткен. Ҳәр бир дәўирдиң өзине тән нызам қағыйдалары, жол көрсеткиш белгилери болған. Усындай жол белгилерин аңлататуғын үлкен гузар жол бойларында үйилген дөңлер, төбешикте белгили аралықта орнатылып, жолаўшылардың жолдан адасып кетпеўине, еки аралықтағы болып атырған ўақыяны екинши аралыққа тез жеткериўши, хабарлаўшы хызметин де атқарып келген.

БАДАЙ ТОҒАЙ МӘМЛЕКЕТЛИК ҚОРЫҚХАНАСЫ
Бадай тоғай мәмлекетлик қорықханасы - Әмиўдәрьяның төменги ағымында, Султан Ўәйис Баба таўлары етеклеринде, дәрьяның оң қырғағында жайласқан қорықхана.1971-жылы шөлкемлестирилген. Майданы 6462 гектар, соннан 3975 гектары тоғай орманлары менен қапланған [1997-жыл].

Тийкарғы ўазыйпасы дәрья әтирапының өсимлик фондын қорғаў, тоғайлықларды илимий үйрениў.

Бадай тоғай Мәмлекетлик қорықханасында [БМҚ] 167 өсимлик түри, 138 қус түри, 20 дан зыят сүт емизиўшилер ҳәм суўлы жерлеринде балық, Лапатанос тағы басқалар жасайды.

Қорықханада Өзбекстан "Қызыл китабы"на киргизилген 60 тан зыят ҳайўанлар, соныңдай 1975-жылда Ромит қорықханасынан [Тәжикстан] келтирилген Бухара буғысы үнемли қорықланбақта [2 бас урғашы, 1 бас еркек ҳангул 1996-жылда 90 басқа жетти].

Қарақалпақстан Республикасының «Айрықша қорықланатуғын аймақлар ҳаққында»ғы нызамына көре қорықханаға 1993-жылы 24-декабрьде «Мәмлекетлик қорықхана» статусы берилди. [Дереккөз: ÓzME]